Қазакстан Республикасының Шымкент каласында 2008-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер арасында «Республика күни» халықаралық ашық турнир болып өтти.

Оған қылышпазлықтың рапира түри бойынша тренер Султан Дүйсенбаев ҳәм Рахим Кеўнимжаев басшылығындағы жас өспиримлеримиз табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, жеккелик беллесиўлерде Абдуллаҳ Кеўнимжаев пенен Шахрузбек Бийсенғалиев, қызлар арасында Тумарис Елибаевалар үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Сондай-ақ, турнирде командалық беллесиўлер де өткерилип, онда Абдирашид Абдижалиев, Шахрузбек Бийсенғалиев, Абдуллаҳ Кеўнимжаев ҳәм Муҳаммеддин Аяповлардан ибарат республикамыздың командасы шымкентли спортшылардан соң екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, қызлар арасында өткерилген командалық жарыста болса, Бекзада Орынбаева, Мәрьям Баўыржанова ҳәм Тумарис Елибаевалардан ибарат командамыз Шымкент ҳәм Ташкент командаларынан соң үшинши орынды ийелеўге еристи.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы