4-9-октябрь күнлери Ташкент қаласында қылышласыў спортының шпага, рапира, сабля түринен ересеклер арасында Өзбекстан кубоги жарысы өз жуўмағына жетти.

Қызғын өткен бул жарыста қарақалпақстанлы спортшылар да табыслы қатнасып, көплеген сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, жеккелик беллесиўлерде сабля бағдары бойынша ерлер арасында Муса Айтмуратов алтын, Ислам Абдазов гүмис,  Азиз Дәўлетназаров ҳәм Алпамыс Орақбаевлар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Сондай-ақ, сабляшы қызларымыз да жарыста өзлериниң шеберликлерин көрсетип, Гүлистан Пердебаева алтын, Зайнаб Дайыбекова гүмис, Аякөз Жумамуратова менен Наргиза Жақсыбаевалар қола медалын жеңип алыўға еристи.

Шпага бойынша өткерилген жарысларда және бир жерлесимиз Дилназ Мурзатаева екинши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен гүмис медаль менен сыйлықланды.

Жарыстың ең соңғы күни өткерилген командалық беллесиўлерде де қарақалпақстанлы қылышпазлар белсендилик көрсетип, ерлер арасында  Қарақалпақстан Республикасының 1-командасы биринши, Ташкент қаласы командасы екинши, Қарақалпақстан Республикасының 2-3-командалары үшинши орынды ийелеўге миясар болды. Ал, қызлар командалары арасында өткерилген жарыс жуўмағында болса, Қарақалпақстан Республикасының 1-командасы биринши, Қарақалпақстан Республикасының 3-командасы екинши, Қарақалпақстан Республикасының 2-командасы ҳәм Жиззақ ўәлаяты командалары үшинши орынды ийелеўге еристи.

Республикамыз спортшыларын бул жарысқа Дәўирбек Жийемуратов ҳәм Руслан Султановлар таярлады.

-Енди республикамыз спортшыларынан Гүлистан Пердебаева, Аякөз Жумамуратова, Наргиза Жақсыбаевалар Өзбекстан сайланды командасы қурамында 1-3-ноябрь күнлери Корея Республикасында болып өтетуғын жәҳән кубоги жарысларына қатнасады,-дейди тренер Дәўирбек Жийемуратов.-Сондай-ақ, жигитлеримизден  Муса Айтмуратов, Ислам Абдазов,  Азиз Дәўлетназаров ҳәм Алпамыс Орақбаевлар да Өзбекстан сайланды командасы қурамында 1-3-ноябрь күнлери Иран Ислам Республикасында болып өтетуғын жәҳән кубоги жарысларында өз шеберликлерин көрсетип, онда жеңимпазлықты қолға киргизеди, деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы