Франция раўажланыў агентлиги ҳәм Европа Инвестициялық Банки ўәкиллери Қарақалпақстанға келди. Делегация ўәкиллери дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Ф.Эрмановтың қабыллаўында болып, «Қарақалпақстан Республикасында «Сүўенли каналы системасын рефонструкциялаў» жойбары бойынша өз-ара пикир алысты.
Сондай-ақ, Франция раўажланыў агентлигиниң ҳәм Европа Инвестициялық Банки ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде де болып, тараў ўәкиллери менен жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумысларды додалады.
Қарақалпақстандағы «Сүўенли» каналының 96,6 км бөлеги ҳәм «Параллел» каналының 36,0 км бөлеги бетон қапламасы менен қапланады. «Сүўенли» каналының бас суў алыў имараты ҳәм 196 гидротехникалық қурылмалары қайта тикленеди. Суўдың есабын жүргизиў ушын SCADA (суў мониторинги ҳәм басқарыўы) системасы енгизиледи. Суў тәмийнаты аўыр болған 209,2 мың гектар суўғарылатуғын жер майданларына кепилленген суў жеткерип бериледи. Сондай-ақ, каналлардың пайдалы жумыс коэффициентин орташа 15-30 процентке шекем арттырады. Суў хожалығы тараўында жумыс ислеп киятырған көплеген хызметкерлердиң маманлығы арттырылады.
Мағлыўмат ушын: «Сүўенли» магистраль каналын модернизациялаў» жойбары бойынша таярланып атырған дәслепки техникалық-экономикалық тийкарға бола, жойбар Қарақалпақстан Республикасының Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги