«Өзбекэкспоорай» көргизбелер комплексинде миймандослық ҳәм ресторан бизнесине  бағышланған «HORECA EXPO UZBEKISTAN 2024» I Халықаралық арнаўлы көргизбениң рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.

Көргизбеде Орайлық Азия, Европадан ҳәм Азиядан 50 ден аслам қатнасыўшы өз мийманхана бизнеси ҳәм ресторан санаатындағы соңғы жетискенликлерин көрсетти. HoReCa тараўында хызмет көрсетиў сапасын жақсылаўға жәрдем беретуғын өнимлер ҳәм технологиялар, соның ишинде, үскенелер, IT -шешимлер ҳәм инновациялық  гастрономикалық өнимлер менен танысыў имканиятына ийе болды.

Қәнигелер «HORECA EXPO UZBEKISTAN 2024» тараў профессионаллары ушын әҳмийетли платформа  болып хызмет ететуғынын, Өзбекстан, Түркия, Россия, Германия ҳәм басқа мәмлекетлерден келген қатнасыўшыларда тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиў келисимлери ушын жақсы имканиятлар жарататуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, көргизбе шеңберинде миймандослық тараўында «Инновациялық тенденциялар» темасында халықаралық конференция да өткерилди. Экспертлер арасында  басқарыў стратегиялары, маркетинг процесслери ҳәм HoReCa санаатындағы заманагөй  технологияларға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды. Экотехнологиялар, санлы шешимлер ҳәм мийманхана бизнесинде инклюзивликке бағышланған темалы сессиялар усыныс етилди.

Муҳайё Тошқороева, ӨзА