Жадыраған қуяш нурлары әтирапқа тарап, аўыл адамларын жаңа мақсетлерге қарай шарламақта. Әсиресе, гүз мәўсиминиң усындай ашық-жарық күнлериниң ҳәр бир деми олар ушын оғада ғәниймет.

Буны жақсы түсинген Қамыс-арық аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жуманияз аўыл»ының турғынлары Сайёра, Гүлжаҳан ҳәм Надиралар таң азаннан пүткил районға аты белгили алдынғы фермер Жеңисбай Пирниязовтың ғаўаша атызларына қарай атланды.

Оларды бизлер түслик пайыты атыз басындағы мәдений шертекте ушыраттық.

-Пахта терими басланғанлы атызға шығып, күнине 90-100 кг нан асырып пахта терип алып атырмыз,-дейди оларға ҳармасын айтқанымызда.-Әсиресе, фермер хожалығы баслығы тәрепинен атыз басында түслик аўқаттың шөлкемлестиргени мийнет өнимдарлығының артыўына тийкар болмақта. Болмаса, үйлеримиз атыз басына әдеўир алыс. Оннан қалаберди, ҳәр күни кешқурын терген пахтамызға 1500 сумнан нақлай ақшаның берилиўи, теримшилерди және де көбирек мийнет етиўге умтылдырмақта.

-Ерте бәҳәрде 40 гектар жерге «Шымбай-5018» сортын еккен едик,-дейди «Жақсылық» фермер хожалығының баслығы Жеңисбай Пирниязов.-Жазы менен хожалық ағзаларының ислеген пидәкерлик мийнетлериниң арқасында, ғаўашалардан дийдиленгендей зүрәәт жетистириўге еристик. Мине, бүгин белгиленген режени артығы менен орынлап атырмыз. Еле атызларымызда пахта мол. Сонлықтан алдағы ўақытлары улыўма зүрәәтлиликти 40 центнерге жеткериўге ҳәрекет етемиз. Әлбетте, қолға киргизилген бул табыс өз-өзинен болып атырған жоқ. Атап айтқанда, хожалық ағзаларынан Қаржаўбай Оразымбетов, Зинатдин Сәрсенбаев, Сапарбай Ҳажиев, Айтек Жумамуратов, Жақсылық Оразымбетов, Салаўат Жуманиязовлардың ўақыт пенен санаспастан ислеген мийнетлериниң арқасында, атызларда усындай мол зүрәәт топланды. Сондай-ақ, пахта теримине қатнасып атырған теримшилерге де айтар алғысым шексиз.


Ҳәр жыл сайын ел қырманына пахта ҳәм ғәлле тапсырыў режесин алдынғылар қатарында орынлап киятырған «Жақсылық» фермер хожалығы ағзалары пахта терими менен бирге, 10 гектар жерге гүзлик бийдай егип, оларға белгиленген агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын алып бармақта.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы