Кредит-мәлимлеме аналитикалық орайының порталында пуқаралар тәрепинен өзине-өзи кредит алыўды қадаған етиў имканияты енгизилди. Бул басқалардың атына кредит алыўшы кибержынаятшылардан қорғаныў имканиятын береди.

Бул хызмет қосып қойылса, ҳеш ким (кредит-қаржы шөлкемлери) пуқараның кредит тарийхы менен байланыслы мағлыўматларын ала алмайды. Нәтийжеде кредит шөлкемлери пуқараның кредит тарийхын онлайн үйрене алмайды ҳәм кредит ажыратыў имкансыз болып қалады.

Хызметтен пайдаланыў ушын Кредит-мәлимлеме аналитикалық орайының порталына кириў ҳәм авторизациядан өтиў керек. Соң SMS-мәлимлеме функциясын қосыў талап етиледи. Оннан соң, Freezе хызметин иске қосыў керек. Функциядан қалай пайдаланыў ҳаққында видеоқолланба да жаратылған.

Қосымша етилиўинше, хызмет 2025-жылдың 1-январына шекем бийпул көрсетиледи. Хызметти өшириў де мүмкин, онда онлайн кредит алыў имканияты тикленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги