Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Белсенди ҳаял-қызлар ҳәптелиги» шеңберинде «Өзбекстан саўғалары» атамасында өнермент ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Оған республикамыздағы Өзбекстан Саўда-санаат Палатасына ағза 30 дан аслам өнерментшилик пенен шуғылланыўшы шөлкемлер ҳәм кәрханалар қатнасты. Көргизбеге өнермент исбилерменлер тәрепинен қол өнери, тигиўшилик, зергерлик өнимлери, ағаш усташылығы, темирден исленген үскенелер, үй хожалығы буйымлары ҳәм басқа да товарлар қойылды.

Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Мэлс Қосназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Өзбекстан-2030» стратегиясына муўапық, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың сиясий, социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, гендер теңлигин сақлаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын ҳәм буның нәтийжесинде, бүгинги күни мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың экономикалық мүмкиншиликлерин кеңейтиў, исбилерменлигин раўажландырыў бойынша да бир қанша жетискенликлерге ерисилип атырғанлығын айрықша атап өтти.

Ярмаркада исбилерменлер тәрепинен усынылған буйымлар өзлериниң қарыйдарларын таўып, олардың кең жәмийетшиликке танылыўына имканият жаратты.

Перуза Яқупбаева,

Шахноза-Бану Абдуллаева,

Бердақ атындағы ҚМУ студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги