10-октябрь күни «Бунёдкор» стадионында футбол бойынша жәҳән чемпионатының таңлап алыў басқышының 3-турынан орын алған Өзбекстан ҳәм Иран сайланды командалары арасындағы ушырасыў болып өтеди.
Ушырасыўды австралиялы Шон Эванс басшылығындағы төрешилер бригадасы басқарып барады.
Буннан алдынғы еки турда өз қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған усы еки команда ушын бул ойын шешиўши ойынлардың бири болып есапланады.
Сонлықтан бул ойынға еки команда ағзалары да пуқта таярлықлар көрип, өзлериниң ең күшли футболшыларын ойынға түсириўге ҳәрекет етпекте.
Майдан ийелери қурамында Остон Ўруновтың ойынға түсиўи сораў астында қалмақта. Сондай-ақ, сайланды команданың бас тренери Сречко Катанец денсаўлығына байланыслы бул ушырасыўға қатнаса алмайды. Оның орнына Катанецтиң жәрдемшиси Радманович команданы басқарып барады.
Ал, Иран сайланды командасы қурамында болса, тәжирийбели орайлық қорғаўшы Муҳаммад Ҳусейн жарақат алғаны себепли ойынға түсе алмайды.
Ушырасыў Өзбекстан ўақты менен саат 19:00 де басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы