Депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы орынларда даўам етпекте. Бундай ушырасыўлар халықтың сайлаў процесине болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм олардың талабанлар менен тиккелей танысыўы ушын әҳмийетли қәдем болып хызмет етпекте. Сайлаўшылар менен ушырасыўлар депутатлыққа талабанлардың сайлаўшыларға жақын болыўын ҳәм олардың мәплерин қорғаўға таяр екенлигин көрсетеди.

Гезектеги ушырасыўда ӨзЛиДеП партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан  Ахмед Реймов  Нөкис қаласындағы Ақ отаў мәкан пуқаралар жыйынында сайлаўшылар менен ушырасты. Ушырасыў даўамында талабан өзиниң сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдарларын таныстырды, соның ишинде, билимлендириў тараўын раўажландырыў бағдарындағы режелери менен ортақласты.

Сайлаўшылар менен тиккелей сәўбетлесиў даўамында ол халықтың ҳәр қыйлы мәселелер бойынша сораўларына жуўап берип, өзиниң олар ушын хызмет етиўге таяр екенлигин атап өтти.

Ушырасыўға келген сайлаўшылар талабанға өз аймағында әҳмийетли болған машқалалар, соның ишинде, жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, жумыс орынларын көбейтиў ҳәм социаллық қорғаў мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Депутатлыққа талабан бул мәселелердиң шешилиўи ушын бар күш-ғайратын жумсайтуғынын атап өтти.

Қатнасыўшылар талабаннан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги