8-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда сайлаўшылардың мүддетинен алдын даўыс бериўин шөлкемлестириў, майыплығы болған  шахслардың сайлаў хуқықларын тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар, сырт мәмлекетлердиң бақлаўшыларын аккредитациядан өткериў ҳәм басқа мәселелер көрип шығылды.

Бизге белгили, нызамшылығымызда сайлаў күни өзиниң жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшылар мүддетинен алдын даўыс бериўи мүмкин екенлиги белгилеп қойылған. Мәжилисте усы нормадан келип шығып, 2024-жыл 16-23-октябрь күнлери мүддетинен алдын даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳаққындағы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилди.

Мүддетинен алдын даўыс бериў күнлери сайлаў участкаларында даўыс бериў ўақты жумыс күнлери саат 9:00 дан 18:00 ге шекем, дем алыс күнлери болса саат 11:00 ден 17:00 ге шекем даўам етиўи белгиленди. Буннан тысқары, Өзбекстан  Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында дүзилген сайлаў участкаларында мүддетинен алдын даўыс бериў  усы сайлаў участкалары жайласқан мәмлекеттеги жергиликли ўақыт пенен саат 9:00 дан  18:00 ге шекем әмелге асырылыўы белгилеп берилди.











Атап өтилгениндей, Сайлаў кодекси ҳәм «Майыплығы болған шахслардың хуқықлары ҳаққында»ғы нызамда майыплығы болған пуқаралар өзиниң барлық конституциялық  хуқықларын, соның ишинде, сайлаў хуқықын басқа пуқаралар менен тең ҳәм еркин әмелге асырыўы ушын зәрүр  шараятлар жаратыўға байланыслы қағыйдалар беккемлеп қойылған.

Быйылғы жыл 27-октябрь күни өткерилетуғын сайлаўда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 11 ҳәм жергиликли Кеңеслерге 605 майыплығы болған шахслар  депутатлыққа талабан сыпатында дизимге алынған. Сондай-ақ, сайлаў комиссиялары қурамында 1 мың 343 майыплығы болған шахслар  жумыс көрсетип киятырған болажақ сайлаўларда олар ушын теңдей имканиятлар жаратылғанын айқын көрсетпекте.

Буннан тысқары, болажақ сайлаўларда майыплығы болған шахслардың  конституциялық хуқықларын жәнеде кеңирек тәмийинлеў мақсетинде 830 мыңнан аслам майыплығы болған сайлаўшыларға жәрдем беретуғын волонтёрлар бириктирилмекте.

Мәжилисте майыплығы болған шахсларға өзиниң сайлаў хуқықларын әмелге асырыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде сайлаў бюллетенлерин толтырыў  ушын Брайль әлипбеси тийкарындағы трафарет үлгисин тастыйықлаў, сайлаў участкалары ушын  майыплығы болған ҳәм физикалық имканияты шекленген шахслар ушын арнаўлы үскенеленген жасырын даўыс бериў   кабиналары, оптикалық лупалар (үлкейтип көрсететуғын айналар) ҳәм қосымша жақтыландырғышлар орнатыў ҳәм сайлаў участкасына еркин түрде бара алмайтуғын  сайлаўшылардың сайлаў күни турған орынларында даўыс бериўди шөлкемлестириў мәселелери додаланып, тийисли қарар қабыл етилди.

Сайлаўдың халықаралық стандартларға муўапық, ашық-айдын өтиўин тәмийинлеўде халықаралық бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң  қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Соннан келип шығып, мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен Түркий мәмлекетлер Парламент Ассамблеясынан 19,  Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы, Россия ҳәм Қытайдан 2, АҚШтан 3 және Уллы Британия, Латвия, Литва, Франция, Ҳиндстан ҳәм  Япониядан 1 ўәкил, улыўма 36 сырт ел ҳәм халықаралық бақлаўшылар аккредитациядан өткерилди. Сондай-ақ, жергиликли ғалаба хабар қуралларының 12 ўәкили аккредитациядан өткерилди.

Мәжилис даўамында сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы басқа мәселелер де көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы