Ташкент қаласында қылышласыў спортының шпага, рапира, сабля түринен ересеклер арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтип, онда республикамыздың спортшылары табыслы қатнаспақта.

Соның ишинде, қылышласыўдың сабля түринен қатнасқан қызларымыздың қолға  киргизген табыслары мақтаўға ылайық. Атап айтқанда, кубоктиң финал беллесиўинде республикамыздың еки белгили қылышпазы Гүлистан Пердебаева ҳәм Зайнаб Дайыбекова өз-ара беллесип, кескин түрде өткен беллесиў соңында келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас спортшымыз Гүлистан Пердебаева өзиниң тәжирийбели қарсыласын 15:12 есабында  жеңип шығыўға еристи.

Сондай-ақ, бул жарыста қарақалпақстанлы қызлардан Аякөз Жумамуратова менен Наргиза Жақсыбаевалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Ал, шпага бойынша өткерилген жарысларда және бир жерлесимиз Дилназ Мурзатаева екинши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен гүмис медаль менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы