Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  тәрепинен «Бизнести баслаў, режелестириў, инновациалық ойлаў ҳәм бизнесте жаңа басламаларды жолға қойыў» атамасында гезектеги семинар шөлкемлестирилди. Оған 20 дан аслам студент-жаслар қатнасты.

Илаж даўамында басқарма баслығының орынбасары М.Косназаров, Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм жойбарлар офиси бѳлиминиң баслығы А.Орынбаев, бас қәниге М.Джумамуратовалар тәрепинен исбилерменликти баслаў, бизнес тараўында жетискенликлерге ерисиў сырлары, қаржыларды дурыс бөлистириў бойынша қатнасыўшыларға кеңнен түсиниклер берилди.

Семинарда жаслар басқарма тәрепинен шөлкемлестирилген, елимизде ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси менен танысты. Сондай-ақ, Киши бизнеске көмеклесиў орайы қәнигелери тәрепинен елимизде киши ҳәм орта бизнести баслаў ҳәм раўажландырыў, бул бағдарда жаслар ушын берилетуғын жеңиллетилген кредит линиялары бойынша мағлыўматлар берилди.

Илаж даўамында жаслардың бизнеске деген қызығыўшылықлары артып атырғанлығы атап өтилип, олардың пикир-усыныслары тыңланды.

Илаж даўамында жаслар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги