Халқымыз арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алыў бойынша орынларда тараў қәнигелери тәрепинен турақлы түрде профилактикалық үгит-нәсият ҳәм емлеў-саўалландырыў илажлары әмелге асырылмақта.
Қоңырат районы медициналық бирлеспеси шыпакерлери тәрепинен районның ең шетки “Қарақалпақстан” посёлкалық пуқаралар жыйынындағы 67-санлы шаңарақлық поликлиникада медициналық тексериўлер өткерилип, илаж даўамында аймақта жасаўшы халыққа қәнигелестирилген сапалы медициналық хызмет көрсетилди.
Аймақ турғынлары жоқары маманлықтағы невропотолог, окулист, педиатр, хирург, акушер гинеколог, терапевт, кардиолог, эндокринолог шыпакерлер ҳәм ЭКГ, УЗИ- қәнигелери тәрепинен медициналық тексериўден өткерилип, майыплылығы болған пуқараларға емлеў-реабилитациялық жумыслар алып барылды.
Сондай-ақ, илаж даўамында пуқаралар арасында дурыс аўқатланыў, жеке гигиеналық тәртип-қағыйдалар, саламат турмыс тәризи бойынша үгит-нәсият жумыслары жүргизилди.
Медициналық тексериўлер даўамында кеселлиги анықланған пуқараларға амбулатор шараятта емлениўге усыныслар, даўаланыў ушын зәрүрлиги барларға емлеў орынларына жолламалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги