Ҳәзирги күнде экономиканың жедел пәтлерде өсиўинде саламат бәсеки орталығының орны бар. Әсиресе, исбилермен ушын бәсеки орталығы ямаса оны раўажландырады ямаса керисинше. Әлбетте, онда ең үлкен майдан – бул базар. Базардың да өзиниң нызам-қағыйдалары бар.

Кимдир ол жерде өз өнимин сатыў, көбирек қарыйдарға ийе болыў, басқа исбилерменлерди ол жерге жолатпаў ушын тис-тырнағы менен гүреседи. Усы жерде исбилерменлерди қызықтырған бир сораў пайда болады. Яғный, үлкен компаниялар киши компаниялардың базарға шығыўына тосқынлық ете алама?

– Яқ. Бул нызамға қарсы. «Бәсеки ҳаққында»ғы нызамда ири компаниялар киши компанияларды базарға кириў ямаса теңдей шараятларда бәсекилесиўине тосқынлық ете алмайды. Мәселен, товарды реализациялаўда ямаса алыўда кемситиўши шараятларды белгилеў, шәртнама предметине тийисли болмаған шәртлерди қолланыў сыяқлы ҳәрекетлер базарда үстин дәрежесинен пайдаланыў болып есапланады,-дейди Бәсеки комитети басқарма бас қәнигеси Азизбек Оразмамедов.

ӨзАның хабаршысы

Нигора Раҳмонова таярлады