Польшаның Варшава қаласында Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Демократиялық институтлар ҳәм инсан хуқықлары бойынша бюросы (ДИИХБ) менен биргеликте адамгершилик нормаларына бағышланған конференция болып өтпекте.
Онда ЕҚБШның инсан қәўипсизлигин өлшеў шеңберинде қабыл етилген барлық миннетлемелердиң орынланыўы жағдайы бойынша сөйлесиўлер өткерилмекте.
Инсан хуқықлары тараўында жумыс ислейтуғын халықаралық шөлкемлердиң экспертлери, сырт мәмлекетлердиң Омбудсманлары, миллий институт ҳәм пуқаралық жәмийети ўәкиллери қамтып алынған конференцияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан хуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова да қатнасты.
Варшава конференциясында Ф.Эшматова баянат жасап, мәмлекетимизде инсан хуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар, ерисилип атырған нәтийжелер, Өзбекстан зорлыққа қарсы өзиниң беккем позициясына ийе екени ҳәм бул Конституцияда беккемлеп қойылғанына әҳмийет қаратты.
Сондай-ақ, мәмлекет басшысының қарарына бола, дүзилген жәмийетлик топарлар менен биргеликте пенитенциар мәкемелерге өткерилетуғын мониторинг сапарларының әҳмийетине айрықша итибар қаратты.
Варшава конференциясы 11-октябрьге шекем даўам етеди.
***
Омбудсман Феруза Эшматова Польша Республикасына сапары даўамында усы мәмлекетте жасап атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен ушырасты.
Ушырасыўда Польшада ислеп ҳәм оқып атырған, усы жерде исбилерменлик жумысын жолға қойған жас исбилермен ўатанласларымыз қатнасты.
Өзбекстан Республикасының Польша Республикасындағы елшиханасында шөлкемлестирилген ушырасыўда дәслеп ўатанласларымыздың Польшадағы жумысы ҳаққындағы пикирлери тыңланды.
Дөгерек сәўбетинде қатнасыўшылар хуқықый мәселелер, соның ишинде, билимлендириў, жасларға жаратылып атырған имканиятларға байланыслы сораўлар берди. Айырым пуқаралар Өзбекстандағы туўысқанларының машқаласының шешилиўи бойынша мүрәжат етти.
Қызғын руўхта өткен ушырасыў соңында Омбудсман сырт мәмлекетлерде билим алып атырған жаслардың Ўатанға қайтып, өз билимлери ҳәм тәжирийбелери менен мәмлекеттиң раўажланыўына үлес қосатуғынына исеним билдирди.
Н.Абдураимова,ӨзА