Быйыл 6-октябрь күни Қазақстанда атом электр станциясын қурыў мәселеси бойыншы улыўма халықлық референдумы болып өтти. Өзбекстан Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығы З.Низомхўжаев басшылығындағы делегация усы референдум процесслеринде халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасты.

Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы мәлимлеме хызмети мәлим етти.

Бақлаў процеси Қазақстан Орайлық сайлаў комиссиясы менен еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеми миссиялары қурамында әмелге асырылды.

Бул референдум Қазақстанның еркин ҳәм суверен мәмлекет сыпатындағы тарийхында төртинши референдум болып есапланады. Атом электр станциясын қурыў мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы жолындағы тийкарғы қәдем болып есапланады. Соның ушын, бул мәселе улыўма халықлық референдум арқалы шешилмекте.

Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкиллери даўыс бериў күнинде Қазақстан пайтахты ҳәм оның әтирапындағы референдум участкаларында бақлаў алып барды.

Улыўма халықлық референдумда еки түрдеги участкалар өз жумысын алып барды: пуқаралардың турақлы жасаў мәнзиллериндеги ҳәм ўақтыншалық турған орынларындағы участкалар. Жәми 10 мың 327 референдум участкаларынан 9 мың 709 ы пуқаралардың турақлы жасаў мәнзиллеринде, 618 и болса пуқаралардың ўақтынша турған орынларында шөлкемлестирилген. Қазақстаннан тысқары 59 мәмлекетте 74 референдум участкасы өз жумысын әмелге асырды. Референдум комиссияларының жәми ағзаларының саны 70 мың 49 ды қурады.

18 жасқа толған Қазақстан пуқаралары референдумда даўыс бериў ҳуқықына ийе. Референдумда қатнасыў ушын даўыс бериўшилер дизимине 12 миллион 244 мың 683 Қазақстан пуқарасы киргизилген. Егер даўыс бериўде қатнасқан пуқаралардың ярымынан көби оны қоллап-қуўатлап даўыс берген болса, референдумда көтерилген мәселе бойынша қарар қабыл етилген болып есапланады.

6-октябрь саат 14:00 жағдайына бола, референдумда даўыс бергенлер саны 51,77 процентти қурады. Яғный, Қазақстанда атом электр станциясының қурылысы бойынша референдум болып өткен деп есапланды.

М.Комилова таярлады. ӨзА