«Ташкент – 2025» жаслар арасындағы Азия ҳәм Параазия ойынлары жақынласқан сайын оның шеңбериндеги шөлкемлестириў жумыслары, рәсмий ушырасыўлар, халықаралық спорт шөлкемлери жуўапкерлериниң елимизге сапары арта береди. Әлбетте, бул тәбийғый жағдай.

Бундай көлемдеги жарыс Орайлық Азия аймағында биринши мәрте шөлкемлестирилип атырғаны, қалаберди, «киши олимпиада» жоқары итибарға ийе илаж болғанлықтан, ҳәр бир мәселе белгиленген тәртипте шешим табыўы бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы есапланады.

Усы күнлерде пайтахтымызда өткерилип атырған Азия паралимпия комитетиниң I муўапықластырыў комиссиясы мәжилислеринде, әйне, «Ташкент-2025» ойынларына таярлық көриў, спорт түрлери мазмуны, ойынлар бағдарламасы ҳәм басқа мәселелер көрип шығылмақта.

Күни кеше Спорт министрлигинде Азия паралимпия комитетиниң I муўапықластырыў комиссиясы мәжилислеринде көрилип атырған мәселелерге бағышланған баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.








Әнжуманның басында Азия паралимпия комитетиниң президенти Мажид Рашид,  Миллий олимпия комитетиниң бас хаткери, «Ташкент – 2025» ойынларын шөлкемлестириў дирекциясының баслығы Ойбек Қосимов муўапықластырыў комиссиясы тәрепинен көрип шығылып атырған мәселелер, пара спорт түрлериниң континенттеги раўажланыўы, Өзбекстанда имканияты шекленген инсанларға жаратылып атырған шараятлар, «Ташкент-2025» ойынларының әҳмийети ҳаққында мағлыўматлар берди.

Азия паралимпия комитетиниң президенти Мажид Рашид журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап бериў тийкарында Өзбекстанда барлық тараўлар жедел  раўажланып атырғаны, алып барылып атырған реформалар инсан абаданлығын, имканиятларын көрсетиўге қаратылып атырғанын, оған пара спортшыларға көрсетилип атырған ғамқорлық бирден-бир мысал болатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, «Ташкент-2025» ойынлары жаңа Өзбекстанның халықаралық майдандағы жаңа табысларына есик ашатуғынын атап өтти.

Миллий олимпия комитетиниң бас хаткери О.Қосимов усы абырайлы  жарысқа алып барылып атырған үлкен көлемдеги таярлық, ойынлар бағдарламасына киргизилетуғын спорт түрлери ҳәм олар өткерилетуғын объектлер, делегациялардың күтилип атырған саны, транспорт-логистика, антидопинг, виза, авиақатнаўлар сыяқлы мәселелер бойынша мәлимлеме берди.

Еслетип өтемиз, келеси жылдың октябрь айында шөлкемлестирилиўи режелестирилген Параазия ойынларында бир ярым мыңнан аслам күшли пара спортшылар 10 спорт түриндеги жарысларда мәмлекетлериниң абырайын қорғайды.

Т.Рўзиев, Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзА