Усы жылдың 4-6-октябр күнлери Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде спорттың Самбо түринен ерлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубоги болып өткен еди.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, 5 алтын, 3 гүмис ҳәм 4 қола медалы менен биринши орынды Хорезм ўәлаяты командасы, 2 алтын, 3 гүмис, 6 қола медалы менен Наўайы ўәлаяты командасы екинши, 2 алтын, 2 гүмис ҳәм 12 қола медальларын қолға киргизген Қарақалпақстан Республикасы командасы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Атап айтатуғын болсақ, республикамыз спортшыларынан 53 кг салмақта Гамзат Максетбаев ҳәм 50 кг да Шахноза Балтановалар алтын, 64 кг да Данияр Дарьябаев ҳәм 80 кг да Шайдахан Ибраимова гүмис, 64 кгда Камранбек Зийнатдинов, +98 кг да Руслан Толыбаев, 47 кг да Ферида Бердимуратова ҳәм Айжамал Ержановалар, 54 кг да Нурай Қалилаева менен Шахсәнем Жарасбаевалар, 59 кг да Азиза Өмирбаева, 65 кг да Гүлзада Ералиева, 72 кг да Рамила Мақсетбаева, -80 кг да Айзада Зийнатдинова ҳәм Баршынай Пирназаровалар, +80 кг да Айгүл
Адилбаевалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Жеңимпаз спортшыларды бул жарысқа тәжирийбели тренерлерден Сансызбай Юсупов, Азамат Турданов, Ислам Мамбетов, Ахмет Исметуллаев ҳәм Анвар Атахановлар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы