Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында өткерилген жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

67 мәмлекеттен жас дзюдошылар қатнасқан жарыс жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы 1 алтын ҳәм 3 қола медалы менен улыўма командалық есапта төртинши орынды ийелеўге миясар болды.

Атап айтқанда, спортшыларымыз арасынан -100 кг салмақ категориясында елимиз абырайын қорғаған Муҳаммадсодиқ Содиқов барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медальды ийелеген болса, Муродил Муродиллаев, Мардон Равшанов ҳәм Алишер Самановларға қола медалы несип етти.

Медальлар саны бойынша Япония сайланды командасы 6 алтын, 5 гүмис ҳәм 2 қола медалы менен биринши, 1 алтын, 2 гүмис медальға ийе Қытай сайланды командасы екинши, 1 алтын 1 гүмис ҳәм 1 қола медалын жеңип алған франциялы дзюдошылар үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы