Сайлаў-
2024

Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 24-майдағы «Сайлаў комиссиялары ағзаларының тәжирийбесин арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Республикалық жумысшы топар тәрепинен Сайлаў комиссиялары ағзаларын оқытыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Ҳуқық қорғаў академиясы, Жәмийетлик қәўипсизлик университети, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм Санлы технологиялар министрлиги қәнигелеринен ибарат жоқары тәжирийбели экспертлер сайлаў комиссиялары ағзаларын оқытыў жумысларына тартылды,-дейди Мәмлекетлик басқарыў академиясының жуўапкер хызметкери Маъруф Жумаев. – Бул жумыслардың биринши басқышы 12-14-август күнлери академияда шөлкемлестирилип, онда жетекши жоқары билимлендириў дәргайларының профессор-оқытыўшыларының арасынан қәлиплестирилген 104 тренерлер ушын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы оқыў ҳәм әмелий сабақлар өткерилди.

Бул басқышта пропорционал ҳәм мажоритар сайлаў системалары, олардың өзине тән өзгешеликлери ҳәм бир-биринен өзгеше тәреплери, аралас сайлаў системасының өзине тән өзгешеликлери сыяқлы темаларда семинарлар өткерилди. Тыңлаўшылар үш күн даўамында сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлардан баслап, участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имарат ҳәм ханаларды үскенелеў, сайлаў бюллетенлерин алыў, рәсмийлестириў ҳәм сақлаў тәртиплери, мүддетинен алдын даўыс бериўди сайлаў нызамшылығында белгиленген тәртипте шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли тәреплерди әмелий сабақлар арқалы толық үйренди.

Сайлаў комиссиялары ағзаларының тәжирийбесин арттырыўды шөлкемлестириўге байланыслы жумыслардың екинши басқышында 944  аймақлық тренерлер ушын да сондай оқыў ҳәм әмелий сабақлар алып барылды. Участкалық сайлаў комиссиялар жумысының тийкарғы өзгешеликлери менен бир қатарда сайлаў күнинде нызам бузылыўына жол қойған комиссия ағзаларына жуўапкершилик илажлары да түсиндирилди.

Арнаўлы бағдарлама участкалық сайлаў комиссиясының сайлаў процесиниң басқа қатнасыўшылары (ҒХҚ, бақлаўшылар, жәмийетлик тәртипти сақлаўға жуўапкер уйымлардың ўәкиллери) менен қатнасықлары сыяқлы өзгешеликлери де итибардан шетте қалмады.

Оқыў режесиниң үшинши басқышында республика тренерлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы орайларында 624 район (қала)лық сайлаў комиссиясы баслығы, баслықтың орынбасарлары ҳәм хаткерлери ушын оқыў-әмелий сабақлар өткерилди. Сондай-ақ, республика тренерлери тәрепинен 2 мың 520 округлик сайлаў комиссиясының баслығы, баслықтың орынбасары ҳәм хаткерлери ушын оқыў ҳәм әмелий сабақлар өткерилди.

Бул басқышта аймақлық тренерлерди сайлаў процесслерине таярлаўда теориялық билим бериў менен бирге, әмелий сабақлар да алып барылды. Үлгили сайлаў участкасы, сайлаў бюллетенлери, даўыс бериў қутылары, даўыс бериў кабиналарының орнатылғаны, сайлаў участкасы баслығы, орынбасары, хаткери ханалары тастыйықланған режеге сәйкеслигин көзден өткериў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў бойынша көнликпелер қәлиплестирилди.

Усы жылдың 5-26-сентябрь күнлери де республика тренерлериниң қадағалаўы астында аймақлық тренерлер тәрепинен республиканың барлық район, қалаларында 33 мыңнан аслам участкалық сайлаў комиссиясының баслығы, баслықтың орынбасары ҳәм хаткерлигине талабанлар ушын теориялық ҳәм әмелий сабақлар шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги ўақытта болса ҳәр бир сайлаў участкасының өзинде, қалған участкалық сайлаў комиссиясы ағзалары (жәми 110 мың) ушын әмелий сабақлар өткерилмекте.

Буннан тысқары, «Saylov-24» мобиль қосымшасы жаратылып, оған барлық оқыў материаллары жайластырылған. Участкалық сайлаў комиссиясының барлық ағзалары ушын бул мобиль қосымшадан пайдаланыў имканияты жаратылған. Сондай-ақ, бул оқыў материаллары өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарылып, жеткерип берилмекте.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы