Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен айырым кодекслерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Оған бола, Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодекске нәшебентлик қуралларын, олардың анологларын яки психотроп элементлерди телекоммуникация тармақларынан ҳәм Интернеттен пайдаланыў арқалы нызамға қайшы түрде айланысқа киргизгени, бул жынаятларды жас өспиримлерди кеңнен тартқан ҳалда ислегени ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.
Сондай-ақ, нәшебентлик қуралларын, олардың аналогларын яки психотроп элементлерди, күшли тәсир теиўши ҳәм зәҳәрли элементлерди өткериў мақсетин гөзлемей нызамға қайшы түрде алғанлығы, сақлағанлығы, тасығанлығы яки жибергенлиги ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.
Жынаят кодексине киргизилген қосымшаға бола, нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары яки психотроп элементлер есапланбайтуғын айрықша категориядағы күшли тәсир етиўши элементлерди өткериў мақсетин гөзлемей нызамға қайшы түрде таярлаў, алыў, сақлаў, тасыў, яки жибериў, сол ҳәрекетлери ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин ислеген болса, төмендеги жазалардан бири қолланылатуғыны белгиленеди:
-БЕМниң 50 есесине шекем муғдарда жәрийма;
-360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслары;
-3 жылға шекем мийнет арқалы дүзетиў жумыслары;
-1 жылдан 3 жылға шекем еркинликти шеклеў;
– 3 жылға шекем еркининен айырыў.
Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги