Басшы кадрларды баҳалаў орайы шөлкемлестириледи

«Басшы кадрларды баҳалаў орайын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Ҳүкимет Қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң шөлкемлестириўинде Басшы кадрларды баҳалаў орайы шөлкемлестириледи.
Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:
Социаллық-психологиялық изертлеўлер тийкарында мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер ушын базалық, өз алдына лаўазым яки лаўазымлар топары ушын компенсациялар модели ҳәм индикаторларын ислеп шығыў;
Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерди жеке-профессионаллық диагностикалаў, компетенциялар модели тийкарында комплексли баҳалаў;
компетенцияларды баҳалаў процесинде пайдаланыў ушын турақлы түрде жаңа методикаларды ислеп шығыў, өзлестириў ҳәм енгизиў;
Компетенцияларды баҳалаў нәтийжелери тийкарында басшы кадрлар ушын жеке-профессионал раўажланыў траекториясын ислеп шығыў ҳәм заманагөй технологияларды пайдаланған ҳалда әмелге асырыў;
Басшылық лаўазымына талабанларды улыўма кәсиплик билими, қәдириятлары ҳәм интеллектуаллық потенциалын анықлаў бойынша тест сынақларын ҳәм психологиялық сораўнамалар өткериў;
Басшы кадрлардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм мониторинг етиў, кадрларға болған талабын прогнозлаў, оларды танлап алыў ҳәм орны-орнына қойыў процесслерине санлы технологияларды ҳәм заманагөй усылларды кеңнен енгизиў;
Жумысының тийкарғы бағдарлары бойынша эксперт-таллаўлар жумысы, илимий изертлеў ҳәм излениўлер алып барыў, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги