«KUNA» мәлимлеме агентлиги Өзбекстан Республикасының Кувейттеги Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Аюбхон Юнусов усы мәмлекеттиң Ҳаял-қызлар жәмийетлери федерациясының президенти Шайха Фадия Саъд Ал-Абдуллоҳ Ас-Салим Ал-Сабоҳ пенен ушырасып атырғанын сәўлелендирди. Мақалада Кувейт тәрепи ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийеттеги орны ҳәм потенциалын арттырыўға қаратылған кең көлемли сиясат ҳәм стратегия қабыл етиў әҳмийетли екенлигин атап өткен. Усы арқалы, раўажланыўға нәтийжели үлес қосыў процесинде түрли инновациялық әмелият бойынша тәжирийбе, пикир алысылды.
Сөйлесиў барысына бағышланған баспасөз билдириўинде ҳаял-қызлдардың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, жетискенликлерди анықлаў ҳәм нәтийжеден қанаатланыў ушын халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў, атап айтқанда, түрли тараўларда басшылық лаўазымында ислеп атырған ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлиги мақулланған.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА