Азия инфраструктуралық инвестиция банки (АИИБ) ҳәм Швейцария Экономикалық мәселелер бойынша мәмлекетлик секретарияты (SECO) арасында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты суў тәмийнаты ҳәм канализация жойбарын әмелге асырыў бойынша баҳасы 8,8 миллион долларлық шәртнамаға қол қойылды.

Бул баслама  мәмлекетимиздиң суў тәсири астындағы аймақларында ресурсларды басқарыў, ақаба хызметин жақсылаў ҳәм тасқын қәўипиниң алдын алыўға қаратылған.

Жойбар, әсиресе, климат өзгериўи ҳәм халықтың өсип атырған талабы шараятында  әҳмийетли болған суў ресурсларын турақлы басқарыў бойынша нәтийжели шешимлер табыўға үлес қосады. АИИБ жумысының жасыл инфраструктура ҳәм заманагөй  технологиялар менен байланыслы тийкарғы бағдарларына сәйкес келеди. Сондай-ақ, мәмлекеттиң  экология турақлылығы принципине садық екенлигин атап өтеди.

М.Пирматова, ӨзА