2024-жылы Нобель тынышлық сыйлығына 286 талабан қойылған, олардың арасында, атап айтқанда, БМШтың Қашқыншылар бойынша жоқары комиссары басқармасы, Рим папасы Франциск, британ тәбиятаныўшысы Дэвид Аттенборо бар.
Соның менен бирге, экспертлердиң пикиринше, жеңиске даўагерлер арасында БМШтың палестиналы қашқынлар бойынша агентлиги, БМШ Халықаралық суды ҳәм БМШ бас хаткери Антониу Гутерриш те бар.
Букмекерлик уйымлары қамақта қайтыс болған россиялы оппозиционер сиясатшы Алексей Навалний ҳәм Украина президенти Владимир Зеленскийди де солардың қатарына қоспақта. Бирақ, Reuters агентлигине бола, Навалний Нобель алмайды, себеби бул сыйлық қайтыс болғанларға берилмейди, Зеленский болса урысып атырған мәмлекетти басқарып атырғаны ушын сыйлықтан бос қалады.
Норвегиядағы Нобель тынышлық сыйлығы комитети 2024-жылы сыйлықты ҳеш кимге бермеўге қарар етиўи де мүмкин. Себеби тарийхта бундай жағдай 19 мәрте тәкирарланған, ақырғысы 1972-жылы болған еди.
«Бәлким әйне усы жылы Нобель тынышлық сыйлығы комитети сыйлықты тапсырмай, итибарды урысып атырған планетаға қаратыўы керек», — деди Стокгольм халықаралық тынышлық институты баслығы Дэн Смит.
2024-жылы Нобель сыйлығы лауреатларының атлары 7-октябрьден 14- октябрьге шекем жәрияланып барылады. Норвегиядағы Нобель комитети болса өз қарарын 11-октябрь күни жәриялайды. 2023-жылы Нобель тынышлық сыйлығы иранлы ҳуқық қорғаўшысы Наргис Муҳаммадийге тапсырылған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги