30-сентябрь-4-октябрь күнлери Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласындағы «Халық Арена»да қазақ боксиниң тийкарын салыўшылардың бири Шокыр Болтек улының естелигине бағышланған XVI халық аралық турнир болып өтти.

Оған Өзбекстан сайланды командасының боксшилери де табыслы қатнасып, 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 4 қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, олардың арасында -80 кг салмақта қарақалпақстанлы Сәрдар Шамуратов гүмис, -92 кг да Айназар Кеңесбаев қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Бул спортшыларды жарысқа, Ж.Нурымбетов ҳәм А.Жумановлар таярлады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы