Усы жылдың апрель айында Италияның Флоренция ҳәм Венеция қалаларында «Өзбекстан: Саҳра авангарды» атамасындағы көргизбеси өз жумысын баслаған еди.
Көргизбеде Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде сақланып атырған 170 тен аслам бийбаха экспонатлар қойылып, бул европалылар арасында өзгеше тәсир қалдырған еди ҳәм бул көргизбе сентябрь айының ақырына шекем даўам етти.
4-октябрь күни болса бул көргизбе тек ғана Қарақалпақстанның емес, ал пүткил Өзбекстанның мәдений ҳәм көркем өнери мақтанышы болған «Саҳрадағы Лувр» деп аталған И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде де ашылды.
Көргизбе жойбары Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў қоры жәдеминде жаратылған болып, оған Ка Фускари университети жанындағы Россия көркем өнерин үйрениў орайынан Силвия Бурини ҳәм Жузеппе Барбиери кураторлық еткен.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тажибай Романов, Мәдений мийрас агентлигиниң Музей жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы Бабур Саёмовлар бул музейдиң халқымыздың мәдений турмысында тутқан орны ҳәм онда сақланып атырған бийбаҳа коллекциялардың әҳмийети ҳаққында айтып, көргизбениң жумысына табыслар тиледи.
Сондай-ақ, илажда жойбар кураторлары Силвия Бурини ҳәм Жузеппе Барбиерилер жойбарды әмелге асырыўға жәрдем берген елимиз басшыларына ҳәм музей хызметкерлерине терең миннетдаршылық билдирип, жойбар бойынша исленген жумыслар туўралы жыйналғанларға кең түрде мағлыўматлар берди.
-Көргизбеде 20-әсирдиң биринши ярымында жаратылған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейи экспонатлары ҳәм коллекцияларынан ибарат 161 дана живопис ҳәм графика, сондай-ақ, миллий декоратив-көркем өнер дөретпелери көрсетиледи,-дейди Бабур Саёмов.- Бул Өзбекстандағы 20-әсир көркем өнериниң ең әҳмийетли музей коллекциясы арасындағы байланысты көрсететуғын биринши жойбар болып табылады. Көргизбеге келиўшилер бул дәўирди түсиниў ҳәм қәдирлеў жолын табады.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 2025-жылдың 15-январына шекем даўам ететуғын көргизбеде авангардшы художниклер- Кандинский, Клюн, Родченко, Попова, Розанова, Экстер, Александр Волков, Николай Карахан, Надежда Кашина, Елена Коровай, Михаил Курзин, Виктор Уфимцев, Орал Таңсықбаев, Уста Мўмин (Александр Николаев)ниң шығармалары, Орта Азия халықларының қол өнери буйымлары тамашагөйлерге көрсетиледи.
Соның менен бирге, И. Савицкий тәрепинен топлаған дөретпелер менен бир қатарда архив фотосүўретлери ҳәм мультимедиа инсталляциясы да тамашгөйлер нәзерине усынылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы