Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлыққа көрсетилген талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
Онда партия Орайлық Кеңеси ўәкиллери, басланғыш партия шөлкемлериниң ағзалары, нуранийлер, өнермент ҳәм спортшылар, партияны қоллап-қуўатлаўшы жаслар, ҳаял-қызлар, мәҳәлле белсендилери, сайлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар «Қәдириятларға сүйенген раўажланыў» сүрени астындағы ушырасыўдың әҳмийетине тоқтап өтти. Мәдений естеликлерди қәстерлеп-сақлаў, келешек әўладларға зыянсыз жеткериў, халқымыздың миллий үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларын, көп әсирлик тарийхын терең үйрениў, ҳәр бир ўатанласымыздың санасында ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириў ҳәм беккемлеў «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.
Партияның баслы мақсети- Қүдиретли мәмлекетке сүйенген, нызамлары миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға үйлесикли, инсан қәдири жоқары, абадан жәмийет қурыўдан ибарат. Жети бағдардан ибарат 2025-2029-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы мақсети – «Қәдириятларға сүйенген раўажланыў» болып есапланады.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасынан Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге көрсетилген талабанлар да сөзге шығып, өзиниң сайлаў аймағы шараяты ҳәм халық мүрәжатлеринен келип шығып таярланған Сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырды.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, әлбетте, халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекеттиң раўажланған мәмлекетлер қатарынан мүнәсип орын ийелеўи арқалы адамларды разы етиўден ибарат.
Ушырасыўда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары Миродил Абдураҳмонов сайлаўалды бағдарламасы бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди. Соның ишинде, тәрбия ҳәм билимлендириў өз-ара тең салмақлы, бир-бирин толтырыўшы процесс, оларды ажыратып болмайтуғынлығы, бул еки процессти өз-ара үйлесикли, үзликсиз тийкарда шөлкемлестириў әдепли, жоқары руўхыйлық, соның менен бирге, билимли, руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат, этикалық пазыйлетлерге, кең дүньяқарас ҳәм ойлаўға, заманагөй кәсип-өнерге ийе болған инсанларды тәрбиялаўдың тийкары болып есапланады.
Талабанлардың келешекте депутат сыпатында өз ўазыйпаларын шын кеўилден атқарыўға ҳәм барлық ис-ҳәрекетлерин мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға қаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм усы жолда тынбай ҳәрекет ететуғынына исеним билдирди ҳәм бәршени 27-октябрьде өтетуғын сайлаўларда «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан көрсетилген талабанларға даўыс бериўге шақырды.
Д. Абибуллаев
Қарақалпақстан хабар агентлиги