Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы бурынғы зыярат орынларынан бири – Ийшанқала ҳәзирги Кегейли районы аймағындағы Халқабад қаласының қубла-шығысынан бир километрлик аралықта жайласқан.

Бизге белгили, ХVIII әсир басларында Қарақалпақстан аймағында диний көзқараслар күшейген ҳәм сол ўақытларда көплеген медресе, мешит, диний тәлиймат беретуғын киши-киши қалалар қурылған. Ийшанқала солардан бири.

Тарийхшы илимпазлардың айтыўына қарағанда, Ийшанқала қорғаны XVIII әсирдиң II ярымынан баслап қурыла баслаған. Бул жерде медресе, мешит, китапхана, талабалар жатақханасы, карўансарай орын алған. Қалаға сол  ўақытта саўатлы ҳәм диний жақтан билимге ийе адамлар көп жыйналған. Медресеге оқыў ушын көплеген талабалар келген.

Ийшанқаладағы мешит-медресе ҳәзирде де сақланып қалған. Қала тийкарынан диний билимлендириў мақсетинде қурылғаны себепли, оның дийўаллары жүдә бийик емес. Қаланың ишиндеги жайлар бир қабатлы ҳәм айырымлары еки қабатлы болған. Тийкарғы дийўаллары қурылғанынан соң, қаланың сыртына да жайлар салынған.

                                                                                                  М. ҲАБИБУЛЛАЕВ

                                                                                 Қарақалпақстан хабар агентлиги