Халқымыздың сүйикли қосықшысына ҳүрмет көрсетилди

Бүгин Төрткүл районында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, халқымыздың сүйикли қосықшысы Атажан Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Ана дияр жыршысы» атамасындағы республикалық таңлаў ҳәм мәдений илажлардың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Дәслеп, район орайындағы мәденият сарайы алдындағы Атажан Худайшукуровтың естелигине гүлшеңбер қойылып, буннан соң мәдений илажлардың ашылыў мәресими өткерилди.

Онда республикамыз басшысы тәрепинен Атажан Худайшукуров ширели даўысы, бийтәкирар таланты менен тек ғана елимизде емес, ал, Орайлық Азияда белгили болғанлығы, қысқа өмири даўамында миллий мәдениятымыздың раўажланыўына салмақлы үлесин қосқаны ҳәм оны дүнья халықларына танытыўда белсендилик көрсеткен көркем өнеримиздиң ири тулғаларының бири болғанлығы айрықша атап өтилди.
Мәдений илажлар «Ана дияр жыршысы» атамасындағы республикалық таңлаў, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы