Өзбекстан шахмат федерациясының гезексиз мәжилиси болып өтти. Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шахматты буннан былай да ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында мәмлекетимизде шахматты халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оны ғалабалық спорт түрине айландырыў, өсип киятырған жас әўладтың интеллектуаллық ҳәм мәдений раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, жоқары талантқа ийе болған жасларды таңлаў, сайлап алыў ҳәм оларды халықаралық гроссмейстерлер сыпатында таярлаў системасын жолға қойыў, тренерлер ушын мүнәсип мийнет шараятын жаратыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимизде шахмат спорт түрин раўажландырыў бағдарында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған басламалардың ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, талантлы шахматшыларымыздың халықаралық жарысларда, атап айтқанда, Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасында ерискен нәтийжелери итибарлы болып атырғаны атап өтилди. Өзбекстан шахмат федерациясының қәнигелери, талантлы шахматшыларымыз, тренерлер менен төрешилер қатнасып атырған мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Билдирилген пикирлер ҳәм усыныслар тийкарында Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов мәмлекеттиң шахмат федерациясының баслығы етип сайланды.
Илажда ендиги жылы Өзбекстанда өткерилетуғын 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына таярлық көриў жумыслары, шахмат федерациясының төменги буўынларындағы жумысларды халықаралық талаплар тийкарында қайта көрип шығыў, жумысын және де жанландырыў, жаслар арасында шахматтың ғалабалығын арттырыўды жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды. Жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Т.Рўзиев, ӨзА