Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми жақын арада планетамызда жаңа пандемия пайда болыўы қәўипинен ескертти. Оған дүнья бойлап Марбург вирусы кең тарқалыўы себеп болыўы мүмкин екен.
Экспертлердиң жуўмағына бола, аўыр геморрагиялық ыссылықты келтирип шығаратуғын бул инфекциядан өлим дәрежеси оғада жоқары – 90 процентке тең.
Ҳәзир Африка континентиниң Руанда мәмлекетинде усы патология менен байланыслы көплеген жағдайлар табылған. Илимпазлар қәўипли вирус енди Жер жүзи бойлап кең тарқалыўынан қәўетерленбекте.
Мәлим болыўынша, Марбург ыссылығы адамларға жарқанатлардан жуғыўы мүмкин. Қалаберди, инфекцияға шатылған наўқаслардан ажыралатуғын биологиялық суйықлықлар (қан, силекей, сидик) менен тиккелей байланыста болыў, сондай-ақ, түрли денелердиң жүзлери арқалы да жедел тарқалады.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Марбург вирусы Эбола сыяқлы оғада жуқпалы болып, ҳәзирше тастыйықланған еми жоқ. Қалаберди, бул кеселликке қарсы вакциналар да жаратылмаған.
Кеселлик белгилери басқа тропикалық ыссылық патологиялары менен уқсас. ЖДСШ мағлыўматларына бола, белгилер бирден басланады ҳәм наўқас жоқары дене температурасы, күшли бас аўырыўы ҳәм биймазалықтан қыйналады.
Буўынларда аўырыўлар күшейип, тез-тез тамыр тартылыўлар жүз береди. Қалаберди, диарея, кеўил айныўы ҳәм қайтарыў жағдайлары да бақланыўы мүмкин.
Кеселликтиң бесинши күнинде көкирек, арқа ҳәм қарын бослығында таспалар пайда болыўы мүмкин. Аўыр жағдайларда болса сегизинши-тоғызыншы күнге барып өлим жағдайы жүз бериўи мүмкин.
Алдынғы жылларда Марбург вирусы Гана ҳәм Экваториал Гвинея мәмлекетлеринде де дизимге алынған еди.
ӨзА