Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында өткерилип атырған дзюдо бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионаты қызғын даўам етпекте.

Күни кеше жарыста ерлер -73, -81 кг, қызлар болса, -57 ҳәм -63 кг салмақ категорияларында өз-ара беллесиўлерге түсти. Соның ишинде Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан

-57 кг салмақта Деспина Бочкова, -63 кг да Маржона Нуруллоева, ерлер арасында -73 кг да Ҳожиакбар Тошев  ҳәм Мардон Равшановлар гүреске шығып, Мардон Равшанов ярым финалға шекем жетип келди.

Ярым финалда япониялы Кейто Киҳараға жеңилип қалған ол, қола медалы ушын беллесиўде

италиялы Мануэл Парлати менен гүресип, өз қарсыласын вазары баҳасы менен жеңип шығыўға миясар болды ҳәм  жәҳән чемпионатының қола медалы ийесине айланды.

Солай етип, еки күн даўамында өткерилген жарыслардан соң, Өзбекстан сайланды командасы 2 қола медалы менен улыўма командалық есапта 7-орынды ийелеп тур.

Чемпионатта ҳәзирши 5 алтын, 4 гүмис ҳәм 1 қола медалына ийе Япония сайланды командасы биринши, 1 алтын ҳәм 1 гүмис медалына ийе Қытай екинши, 1 алтын ҳәм 1 қола медалын қолға киргизген Франция үшинши орынды ийелеп киятыр.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы