Британия Өзбекстан менен инглис тилин оқытыў бағдарламаларын кеңейтиў ҳәм университетлераралық байланысларды тереңлестириўге таяр.

Бул ҳаққында Уллы Британия  Бизнес ҳәм саўда министрлигиниң Дөретиўшилик, спорт ҳәм билимлендириў мәселелери бойынша департаментиниң директоры Руперт Дэниэлс Өзбекстан елшиси Равшан Усманов пенен ушырасыўда мәлим еткен.

Сондай-ақ, cәўбетлесиўде Британия тәрепи соңғы жыллары Өзбекстанда билимлендириў тараўында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жаслардың сапалы оқыўы ҳәм нәтийжели дөретиўшилик жумысы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм мәмлекетте креатив экономиканы раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы илажларды жоқары баҳалаған.

Рәсмий Лондонның Өзбекстан менен мектепке шекемги, орта ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында ҳәм креатив экономика бағдарында бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўден мәпдар екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў соңында усы жыл октябрь айында Британия Бизнес ҳәм саўда министрлиги делегацияның Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги