Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Татарстан халық артисти Тамара Дошумованың 70 жыллық юбилейине бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.
Оған елимизге белгили көркем өнер ғайраткерлери, юбилиярдың шаңарақ ағзалары менен шәкиртлери, кәсиплеслери, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, Тамара Дошумованың елимиз мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыўға қосқан салмақлы үлесин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, елимиз ардағындағы көркем өнер ғайраткерлери Н.Мухаммеддинов, Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан Республикасы «Нураний» қоры баслығы Т.Абдижаббаров ҳәм басқада кеше мийманлары юбилиярды қутлықлап, оның қарақалпақ халқының көркем өнериндеги тутқан орны, бәлент лапызы менен хызметлери ҳаққында сөз етти.
1983-жылы Ташкент қаласындағы Н.Островский атындағы театр ҳәм сүўретшилик көркем өнер институтыныӊ «Драма ҳәм кино актёрлығы» бөлимин табыслы тамамлаған Т.Дошумова мийнет жолын сол ўақыттағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында (ҳәзирги «Айқулаш» ансамблинде) солист ретинде баслады ҳәм жемисли мийнет етип, мәмлекетлик концертлердиң, Дағыстан, Татарстан, Башқуртстан, Әзербайжан, Тажикстан Республикалары ҳәм Москва қаласында бир неше мәрте өткерилген «Қарақалпақ мәденияты ҳәм әдебияты күнлери»ниӊ белсенди қатнасыўшысы болды.
Ол өзиниӊ айрықша таланты, кеӊ диапазонға ийе ҳаўазы, бийтәкирар атқарыў шеберлиги, тынымсыз мийнетлериниӊ арқасында халқымыз арасында айрықша ҳүрмет-иззетке бөленген, ел ардағындағы көркем өнер ғайраткерине айланды.
Т.Дошумованың репертуарындағы «Кеўил кеўилден суў ишер», «Және жайҳун болып ақтыӊ да келдиӊ», «Аӊламас», «Ғошшақ үлкем», «Дембермес», «Ғулпақ», «Йўлларим», «Сениӊ ҳәр келгениӊ бәҳәр келгендей», «Түсер», «Налыш», «Кеўлимде барсаӊ», «Ойлайсаӊба» ҳәм басқада қосықлары арқалы «Арал бүлбили», «Қарақалпақ бүлбили», «Қосықшылар сәрдары», «Әпсанаўий қосықшы» сыяқлы жоқары баҳаларға мүнәсип болды. Халқымыздың сүйикли шайыры И.Юсупов айтқанындай «Дембермеске деми жеткен Тамара» болып, өзиниң бәлент лапызы менен қосық шайдаларының кеўлинен орын алды.
Оның мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўына қосқан үлеси мүнәсип баҳаланып, 1974-жылы «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист», 1977-жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық артисти», 1980-жылы «Өзбекстан Республикасы халық артисти», 1981-жылы «Татарстан Республикасы халық артисти» атақлары ҳәм 1984-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды.
Илажда Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери тәрепинен Т.Дошумова репертуарындағы қосықлар атқарылып, жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги