Тараў пидайылары кәсиплик аўқамы тәрепинен хошаметленди

Ҳәр бир жәмийеттиң ҳәр тәреплеме раўажланыўы сол елде жас әўладтың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған итибары ҳәм усы тараўда жумыс ислеп атырған устаз-муғаллимлердиң мийнетине байланыслы.
Билимлендириў тараўында хызмет етип атырған муғаллим ҳәм устазлардың көрсетип атырған пидайылықларын мәртликтиң ҳақыйқый үлгиси десек ҳасла алжаспаған боламыз. Себеби, мектепке дәслепки қәдем қойған кишкене балаға ҳәрип үйретип, оларды билимли инсанлар етип жетилистириў аңсат ис емес.
Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси кәсиплик аўқам ағзаларының мийнетине байланыслы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, мийнет жәмәәтлеринде хызметкерлерди социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў мақсетинде, кең көлемли жумысларды әмелге асырып келмекте.
1-октябрь-Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы ҳәм 5-октябрь-Халықаралық муғаллимлер күни мүнәсибети менен Нөкис қаласында «Устазлар кәсиплик аўқамы дыққат-итибарында!» атамасында байрам илажы болып өтти.
Оған республикамыздың барлық аймақларындағы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары оқыў орынларында жумыс ислеп атырған педагог-тәрбияшылар, техник хызметкерлер, қала ҳәм районлардың кәсиплик аўқамы бөлимшеси, басланғыш кәсиплик аўқамы комитетлери баслықлары ҳәм белсендилери қатнасты.
Онда Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң баслығы Р.Бедилов, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахмановлар шығып сөйлеп, елимизде алып барылып атырған реформаларда билимлендириўдиң орны ҳәм әҳмийети, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған итибар менен оларға жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде айтып өтип, илаж қатнасыўшыларын байрам сәнелери менен қызғын қутлықлады.



Илажда көплеген тараў пидайыларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси тәрепинен таярланған естелик саўғаларды тапсырды.
Илаж даўамында сыйлықланғанлар атынан бир қатар тараў пидайылары шығып сөйлеп, өзлерине қаратылып атырған итибар ҳәм хошамет ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылықларын билдирди.
– Ҳәзирги ўақытта Тахтакөпир районындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде техник хызметкер болып жумыс ислеймен,-дейди усындай тараў пидайыларының бири Айсулыў Келимбетова.-Бизлерге көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм изззет ушын Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси ҳәм оның аймақлардағы бөлим баслықларына үлкен рахмет айтаман. Олардың көрсетип атырған исеним ҳәм хошамети бизлерди және де алға қарай умтылдырады. Бул исенимди толық ақлаў ушын аянбастан мийнет ете беремиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы