Ҳиндстанда басып шығарылатуғын «Business Central Asia» журналының бул ретки арнаўлы саны Өзбекстанға бағышланды.

Журнал бетлеринде мәмлекетимиз турмысындағы соңғы өзгерислер ҳәм жаңаланыў процесине бағышланған аналитикалық материаллар ҳәм жарқын фотосүўретлер орын алған.

«2017-жыл Өзбекстанның заманагөй тарийхына избе-из ҳәм жедел раўажланыў менен ажыралып туратуғын пүткиллей жаңа басқыштың басланыўы сыпатында жазылды. Бул өзгерислер күшли аналитикалық ақыл-ойға, заман менен теңдей болыў ҳәм миллий өзгешеликлерди есапқа алыў имканиятын беретуғын сиясий ерк-ықрарға, алдыңғы басқарыў тәжирийбесине ийе күшли шахстың орны менен тиккелей байланыслы болып есапланады. Бүгинги жедел раўажланыў процеси беккем тийкар ҳәм көп жыллық тәжирийбеге тийкарланған ҳалда турмысқа енгизилип атырғанын ҳақылы түрде тән алыў мүмкин. Президент Шавкат Мирзиёев және де ашық ҳәм оптимистлик руўхтағы жаңа Өзбекстанды қурмақта», деп атап өтилген журналдың бас мақаласында.

Сондай-ақ, «Регионның абаданлығы улыўма ҳәрекетлерге байланыслы» атамасындағы мақала мәмлекетимиз жетекшисиниң Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының алтыншы Мәсләҳәт ушырасыўында алға қойған басламалары ҳәм усынысларының әҳмийетине бағышланған. Автор Өзбекстан Президенти экономикалық шерикликти раўажландырыўдың жаңа моделин қәлиплестириў, санаат кооперациясын өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, ишки регионаллық транспорт-коммуникация тармағын және де раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратқанын айрықша атап өткен.

Арнаўлы санда елимиздиң Ҳиндстандағы елшиси Сардор Рустамбоев, сиясаттаныўшы Қудратилла Рафиқов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары Козимжан Тожиев, Нодир Тилаволдиев, Раўажланыў стратегиясы орайы департамент басшысы Фарруҳ Ҳакимов ҳәм басқа да авторлардың мәмлекетимиз турмысына байланыслы жәмийетлик-сиясий, экономикалық, мәдений-ағартыўшылық мақалалары да басып шығарылған.

Ў.Алимов, ӨзА