Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-июль күнги «Мәҳәллелерде спорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм спорт майданшаларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, Тахтакөпир районының «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Универсал» спорт майданшасы жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Спорт майданшаның ашылыў мәресимине район ҳәкиминиң орынбасары Т.Тоқымбетов, аймақ белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар бәршени пайдаланыўға тапсырылып атырған спорт майданшасының ашылыўы менен қутлықлап, жасларымыздың келешекте мәмлекетимиз байрақларын бәлентлерге көтерип Азия ҳәм жәҳән чемпионлары болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.
Буннан соң спорт майданшасы алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары стадионның ишки имканиятлары менен танысты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы