Жаслардың спортқа деген қызығыўшылығын арттырыў ҳәм жас спортшылардың келешекке болған исенимин жоқарылатыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлигиниң шөлкемлестириўи менен Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында ҳаял-қызлар гүреси бойынша жаслар арасында Азия чемпионы, жәҳән чемпионатының қола медалы ийеси, ересеклер арасында Азияның вице-чемпионы Набийра Есенбаева ҳәм оның сиңлиси Азия чемпионатларының сыйлы орын ийеси Феруза Есенбаева менен студент-жаслардың ушырасыўы болып өтти.
Кешени Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директорының орынбасары Рустам Хайдаров ашты ҳәм спортшылардың өмири ҳәм басып өткен жолы менен таныстырып өтти.
Онда Набийра ҳәм Феруза Есенбаевалар да шығып сөйлеп, өзлериниң спорттағы қолға киргизген жетискенликлери ҳәм оның машақатлары ҳаққында айтып берди.
– Өзиңниң қатар досларың менен байрам ҳәм тойларда арқайын жүре алмағаныңа қыйналған ўақытлар болады,-дейди Набийра Есенбаева.- Бирақ, спорт тәртип-интизамды талап еткенликтен, бундай илажлардан ўаз кешиўиме туўра келди. Мине, бүгин өзимниң ислеген мийнетимниң жемисин көрмектемен. Буның ушын ең дәслеп ата-анама, дәслепки тренерим Медет аға Ережеповқа, Баҳадыр аға Қәлимбетовқа үлкен рахмет айтаман.
Ушырасыў кешесинде спортшылар филиал студент-жаслары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.
Кеше соңында Қарақалпақстан Республикасы спорт министриниң орынбасары Азамат Қалбаев ушырасыўға қатнасқаны ушын Набийра ҳәм Феруза Есенбаеваларға рахмет айтып, олардың алдағы жарысларда жеңимпаз болыўына тилеклеслик билдирди ҳәм студент-жасларды да усындай табысларды қолға киргизиўге шақырып қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы