Бүгин елимиздиң қайсы бир орнына қарамайық халықтың жақсы жасаўы ушын қолайлықлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығының гүўасы боламыз. Усындай илажлар қатарында Бозатаў районы «Көксуў» АПЖ халқына медициналық хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў мақсетинде, райондағы Қарақалпақ Шаңарақлық шыпакерлик пунктине «Дамас» автомашинасы ҳәм жаңа медициналық әсбап-үскенелер тапсырылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты ҳәм жаңадан тапсырылып атырған үскенелер ҳәм автомашина халық ийгилиги жолында хызмет ететуғынлығын атап өтти.
Соны айтып өтиў орынлы, соңғы жылларда елимизде барлық тараўлар қатарында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халыққа хызмет көрсетиў сапасын арттырыў мине, усы бағдардағы жумыслардан есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги