Мǝжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның аймақлық бɵлимлери жас хызметкерлери узақ жыллар даўамында прокуратура ҳǝм Бюро уйымларында мийнет еткен  Нийетбай Баубековтың шаңарағында болып, байрам менен қутлықлады.

Ушырасыў даўамында, устаз жас қǝнигелерге ɵзиниң мийнет жолы, басып ɵткен ɵмир жолы, ɵмири даўамында ушырасқан қыйыншылықлар ҳәм устазлары туўралы айтып берди. Көп жыллық тәжирийбесинен келип шығып, жасларға өзиниң баҳалы мǝслǝҳәтин берди. Сондай-ақ, сǝўбет даўамында жас қǝнигелер тараўға байланыслы өзлерин қызықтырған  бир қатар сораўларына жуўап берди.

Ушырасыў соңында устазға естелик саўғасы тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги