Мəмлекетимизде IT хызметлери ҳəм өнимлери экспорты соңғы жыллары сезилерли дəрежеде артпақта. Мəмлекеттиң санлы экономикаға өтиўи, IT стартапларды қоллап-қуўатлаў ҳəм халықаралық бирге ислесиўлер бул тараўды раўажландырыўға үлкен түртки болмақта. Бүгинги күнде өзбек программистлери халықаралық базар ушын түрли программалық тəмийнат шешимлерин ислеп шықпақта. Олар көплеген тараўларда, соның ишинде, қаржы, билимлендириў ҳəм денсаўлықты сақлаўда қолланылады.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов АҚШтағы өзбекстанлылар менен ушырасыў өткерди. Бул ушырасыўда 80 нен аслам адам қатнасты, олардың арасында бизнес ўәкиллери, мəмлекет хызметкерлери, блогерлер, ҒХҚ ўәкиллери ҳəм басқа тараўдың қəнигелери қатнасты.
“Silkroad Innovation hub”те шөлкемлестирилген бул ушырасыўдан гөзленген тийкарғы мақсет – Өзбекстанның IT имканиятлары ҳəм мəмлекетимизде сырт ел компаниялары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында толық мағлыўмат бериў, сондай-ақ, ўатанласлар арқалы IT аутсорсинг тараўында АҚШтың жетекши компаниялары менен бирге ислесиўден ибарат.
Ушырасыўда Өзбекстан IT хызметлер ҳəм өнимлер экспортын 2030-жылға шекем 5 млрд. долларға жеткериў, Өзбекстанды регионаллық IT Hubға айландырыў, елимизде IT билимлендириў ҳəм кадрлар таярлаўға қаржы ҳəм грантларды кеңнен тартыў мақсетинде Америка базарына кириў мəселелери додаланды, делинеди Санлы технологиялар министрлиги мағлыўматында.
Сондай-ақ, илажда потенциаллы инвесторлар ушын жаратылған шараятлар, шет тилин билетуғын ҳəм IT тараўында программаластырыў хызметлерин ислеп шығыў ҳəм экспорт етиўге ылайық қəнигелер санын көбейтиў ҳəм экспорт көлемин жəне де арттырыў мəселелерине итибар қаратылды.
Ушырасыў соңында АҚШта жумыс алып барып атырған IT компаниялар ўәкиллери мəмлекетимизде енгизилген салық жеңилликлери, қаржы киргизиў, кадрлар жетиспеўшилигиниң алдын алыў бойынша əмелге асырылып атырған бағдарламалар бойынша сораўларына жуўап алды.
ӨзА