Кегейли районында бүгинги күни 39 мектеп ҳәм 18 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери болып, оларда 1881 муғаллим ҳәм 287 педогог тәрбияшы, 1 спорт мектебинде 53 тренер жас әўладқа тәлим-тәрбия бермекте.

Пүткил елимизде болғаны сыяқлы, Кегейли районында да соңғы жыллары билимлендириў тараўын раўажландырыў, мектеплер ҳәм балалар бақшаларын материаллық-техникалық базасын жаңалаў ҳәм беккемлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда унамлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

1-октябрь-Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен бул районда да салтанатлы байрам кешеси болып ѳтти.

Онда район ҳәкими А.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги сектор баслығы Б.Кожаназаровлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын өзлериниң кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм тараўда жүз берип атырған жаңаланыўларды үлкен мақтаныш пенен тилге алды.

Илажда билимлендириў тараўында пидайылық көрсетип, жәмийетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған бир қатар муғаллим ҳәм устазларға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң көкирек белгилери ҳәм район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Өткерилген кешеде тараў пидайыларына байрам дастурханы жайылып, Кегейли  районлық мәденият бѳлими  хызметкерлери тәрепинен таярланған  концерт бағдарламасы қойып берилди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы