Абдулла Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтында Президент Шавкат Мирзиёевтиң тәлим-тәрбия тараўы ўәкиллери менен сөйлесиўи даўам етпекте.
Бүгин билимлендириў ҳәм тәрбия тараўындағы барлық өзгерислер орайында билимли, дөретиўши, ўатанын сүйиўши ҳәм жанкүйер муғаллим шахсы турыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.
Керисинше жағдайда тараўға қаратылып атырған сонша қаржы, қурылып атырған имарат ҳәм объектлер, материаллық-техникалық база ҳаўаға ушқандай бийкарға кететуғыны атап өтилди.
– Биз оған ҳеш қашан жол қоймаўымыз керек. Мәмлекеттиң, халықтың маңлай тери менен тапқан байлығы, биринши гезекте, жас әўлад тәрбиясы ушын, келешегимиз ушын ислеўи шәрт,-деди Президент.
ӨзА