Елимизде ҳәр жылы 1-октябрь – Устазлар ҳәм муғаллимлер күни көтериңки кейпиятта, шөлкемлескенлик пенен кең түрде белгиленеди. Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы Шымбай районында да бул илаж салтанатлы жағдайда болып өтти.

Илажға район басшылары, нураний устазлар ҳәм тараў пидайылары қатнасты.

Онда район ҳәкими Айбек Тажетдинов ҳәм басқалар кеше қатнасыўшыларын улыўма халықлық байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм оларға өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирип, Шымбай районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы билимлендириў шөлкемлеринде мийнет етип атырған бир қатар үлгили хызметкерлер ҳәм ҳүрметли мийнет дем алысындағы нуранийлерге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң көкирек белгиси, район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы, Миннетдаршылық хатлары ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.



Буннан соң районның ең пайызлы ресторанларының бирине байрам дастурханы жайылып, оларға Шымбай районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы