Китап жаңалығы

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты М. Нызановтың «Ийрим» ҳәм белгили журналист ҳәм жазыўшы А.Турекееваның «Маған керексең балам» атамасындағы  китаплары «Жети ықлым» баспасынан басылып шықты.

М.Нызановтың  «Ийрим»  китабында усы атамадағы қыссасы орын алған болып онда турмыслық ўақыялар яғный,  инсан турмыс ийримине түсип кетсе  өз алдына қойған мақсетинен жаңылысыўы мүмкин екенлиги ҳәм буның ақыбетинде кеўилсиз ўақыяларға дус келиўи мүмкинлиги ҳаққында сөз етилген. «Бул ўақыя буннан еки жүз жыл бурын Қоңырат ҳәм Гөне Үргенш шәҳәрлери әтирапында болған екен. Аўыздан-аўызға өтип келген бул ҳикаятты қағазға түсириў бизге несип еткен екен»,-деп басланған шығарманың тили қызықлы ҳәм жеңил оқылады.

А.Туреекеваның «Маған керексең балам» атамасындағы жаңа китабында «Жазықсыз өмирлер» ҳәм «Аманат» атамасындағы повестлери менен гүрриңлер ҳәм мораль темасындағы мақалалары орын алған. Өмирден алынған қызықлы ўақыялар, аянышлы тәғдирлер, жақсылық пенен жаманлық, ҳақыйқатлық пенен наҳақлық ҳаққында жазылған шығармалары китап оқыўшыларының кеўлинен шығатуғындай шығармалар болады, деп үмит етемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги