29-сентябр күни Нөкис қаласында «Бир Ўатанда, бир ўақытта, бир аралықта, бир мақсетте- бирге жуўырамыз!» сүрени астында «Жаңа Нәпес» ғалабалық жуўырыў марафоны болып өтти.

Онда республикамыздағы барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, мәкеме, кәрхана хызметкерлери, студент-жаслар, мектеп оқыўшылары ҳәм белсенди пуқаралар,  3 км аралық бойлап жеңимпазлық ҳәм саламатлық ушын бирге жуўырды.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, ерлер арасында биринши орынды А. Оразбаев, екинши ҳәм үшинши орынларды С.Суликбаев ҳәм Д.Шомуродовлар ийелеген болса, ҳаял-қызлар арасында жеңимпазлық М. Орынбаеваға несип етти.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды болса, С.Шукирллаева ҳәм А.Пирлепесовалар жеңип алды.

Ал, физикалық имканияты шекленген ерлер арасында, биринши орынды Н.Сарыбаев, ҳаял-қызлар арасында А.Турсынбаевалар қолға киргизди.

Сондай-ақ, марафонда  бир қатар номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланды.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы