Усы күнлерде Германияның Тюрингия федерал үлкесине қараслы Зул қаласында дәстүрий «Мәдениятлараралық ҳәптелик» халықаралық фестивалы өткерилмекте.

Елшиханамыздың мәлим етиўинше, усы мәденият күнлеринде  Өзбекстан ўәкиллери де белсене қатнаспақта.

Фестиваль түрли миллет ҳәм халықлардың бай мәдений дәстүрлери менен жақыннан танысыў, өз-ара қарым-қатнас орнатыў ушын әжайып имканият берди. Онда миллий тағамлардың көргизбеси, түрли көргизбелер, балалар ушын қызықлы ойынлар шөлкемлестирилди. Ҳәр жылы Германия бойлап өткерилетуғын усы халықаралық илаж түрли миллетлер арасында дослықты беккемлеў ҳәм мәдений алмасыўды раўажландырыўға хызмет етеди.

Елшихана дипломатлары илажда қатнасып атырған ўатанласларға жақында Германия Канцлериниң елимизге сапары ўақтында Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы миграция келисимине қол қойылғаны ҳаққында айтып, ҳүжжеттиң нызамлы мийнет миграциясы ҳәм билим алмасыўы ушын жаңа имканиятлар  жаратқаны ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, визаларды әпиўайыластырыў ҳәм туристлик инфраструктураны  раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар усылардың ишине киреди.

– Биз төрт жылдан берли мәмлекетиңиз бенен жедел бирге ислесип алып атырмыз. Ҳәзирде 60 тан аслам өзбек жаслары бизде кәсиплик билим алмақта. Усы фестиваль өз-ара дослықты беккемлеўге хызмет етеди. Өзбекстан стендинде тек мазалы тағамлар емес, ал мәмлекеттиң мәденияты, көркем өнерин көрсетиўши гүлалшылық өнимлери ҳәм миллий кийимлери де көрсетилмекте. Мақсетимиз жергиликли халықты өзбек мәденияты менен жақыннан таныс турыў болып есапланады. Биз бенен биргеликте ислейтуғын компаниялар шаққан ҳәм билимли өзбекстанлы жас қәнигелерден оғада қанаатланады. Өзбекстан менен әмелге асырылып атырған кәсиплик билимлендириў бойынша жойбарымыз узақ жыллар даўам етеди деп ойлайман, – деди «Simson Private Akademie» компаниясының баслығы Макс Роймшюссел.

Илажда Өзбекстан туризминиң потенциалы: бай мәдений мийрас, тарийхый естеликлер ҳәм тәбийғый орталықты өзинде жәмлеген тарқатпа материаллар усынылды. Елшиханамыз тәрепинен мәдений мүйеш шөлкемлестирилип, онда түрли кестешилик, адрас ҳәм атластан тигилген шырайлы липаслар ҳәм өнерментшилик буйымлары қатнасыўшыларға көрсетилди.

27-сентябрь күни «Мәдениятлараралық ҳәптелик» халықаралық фестивалы өз жумысын  жуўмақлайды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА