Барлық сиясий партиялар қатарында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы да Олий Мажлис ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслерине болып өтетуғын әҳмийетли сиясий процестиң тийкарғы шәртлеринен бири болған сайлаў алды үгит-нәсиятлаў жумысларында белсене қатнаспақта.

Партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басламасы менен Нөкис қаласының орайында үгит-нәсиятлаў пункти шөлкемлестирилип, «Қәдириятларға сүйенген раўажланыў» сүрени астында сайлаў алды үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилди.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы кеңеси ўәкиллери, Парламент ҳәм жергиликли Кеңес депутатлығына талабанлар, электорат ағзалары, басланғыш партия шөлкемлериниң белсендилери, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда халық ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерине «Қәдириятларға сүйенген раўажланыў» сүрени тийкарында ислеп шығылған партияның 2025-2029-жылларға мөлшерленгн жаңа Сайлаўалды бағдарламасында бүгин Жаңа Өзбекстанда тийкарғы мәселеге айланған тәрбия ҳәм билимлендириўге үстинлик берилгенлиги түсиндирилип, бағдарламаның мазмун-мәниси менен таныстырылды. Соның ишинде, Бәркамал әўлад потенциалын жүзеге шығарыў бағдары – Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бойынша белгиленген усыныс ҳәм басламалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, партияның баслы мақсети – қүдиретли мәмлекетке сүйенген, нызамлары миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға үйлескен, инсан қәдири жоқары, абадан жәмийет қурыўдан ибарат болып есапланады. Жети бағдардан ибарат Сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы мазмуны болса барлық идеа-басламаларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға сәйкес болыўына ерисиў болып есапланады.

Бизге белгили, «Миллий тикланиш»демократиялық партиясы –илим ҳәм билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер, мәлимлеме тараўы ўәкиллери, илимпазлар, тәрбияшы ҳәм оқытыўшылар, дөретиўши ҳәм қосықшылар, спортшылар, туризм, өнерментшилик ҳәм халық медицинасы тараўы ўәкиллери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлери, келешегимиз дөретиўшилери болған жасларды өз электораты есаплайды. Партия Сайлаўалды бағдарламасында «Қәдириятларға сүйенген раўажланыў» сүренин белгилегени бийкарға емес.

Быйылғы сайлаўларда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесине 65, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслерине 375 талабан көрсетилген болып, олардың 42 процентин ҳаял-қызлар қурайды.

Илаж даўамында халыққа партияның ҳәм талабанлардың сайлаў алды бағдарламасындағы мақсет ҳәм идеалары көрсетилген флаер, буклет материаллар тарқатылды. Усындай үгит-нәсият пунктлери дем алыў орынлары, базарлар ҳәм халық көп болған орынларда шөлкемлестрилип, ўатанласларымыз усы сиясий процесслерде белсене қатнасып, «Миллий тикланиш» бағдарламаларын қоллап-қуўатлап, партия талабанларына даўыс бериўге шақырылмақта.

Д . Абибуллаев

Қарақалпақстан хабар агентлиги