Қытай менен қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

193

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-сентябрь күни  Қытай Коммунистик партиясы Орайлық комитети  Сиясий бюросының ағзасы, Сиясий-юридикалық комиссиясының хаткери Чэнь Вэньцин басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Делегация басшысы Сэнь Вэньцин мәмлекетимиздиң басшысына Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпинниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен  Қытай арасындағы дослық ҳәм барлық шараятларда стратегиялық шериклик қатнасықларын жоқары дәрежеде қабыл етилген қарарлар тийкарында раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Терроризм, экстремизм, трансмиллий жынаятшылық, кибер жынаятшылық, наркотрафик сыяқлы қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған дәстүрий ҳәм жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы гүресте әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылды.

Усы күнлерде болып өткен Хуқық қорғаў жумысы ҳәм қәўипсизлик тараўындағы Өзбекстан-Қытай бирге ислесиў механизминиң биринши мәжилисиниң нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Сондай-ақ, регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

ӨзА